Feeds:
Записи
Комментарии

Газеталардын аухалыМениң ушын бул сораўға жуўап табыў аңсат болмаса керек. Неге дегенде, өзим де усы тараўда ислеймен, анығырағы, сол басылымлардың оқыўшыларды өзине тарта алмай атырғанына белгили дәрежеде жуўапкер журналистлердиң биримен… Қарап турсаң бәри орны-орнында. Газеталар ўақтында шығып тур. Әп-әнедей мақалаларда берилип атыр.

Бүгинги оқыўшыны қандай темалар қызықтырады? Олар газета арқалы қандай мағлыўматлар алғанды қәлейди? Өзлери анаў яки мынаў мәселеге көзқарасын билдиргиси келе ме? Булар биз ушын қараңғы. Себеби бул бойынша жақын арада қандай да бир сораўнамалар өткерилипти дегенин еситпедим. Оған бас қатырып отырғанларда болмаса керек. Өйткени, бүгинги қарақалпақ журналистикасында усындай бир кейпият сезиледи.

Дурыс, ўақты-ўақты менен устаз журналистлердиң мазмунлы, мәнили, қызығарлы мақалалары жәрияланып турады. Олар шекленген. Ал қалғанларымыз өзлеримизди
80-жылларда қалып кеткен адамлардай услап тутыўды даўам еттирмектемиз. Есиңизде болса (бул сәл үлкен жастағыларға қарата айтылған гәп-автор), сол өткен жылларда аўыл хожалығы туўралы қәйтип жазған болсақ еле сол традицияны даўам еттирип киятырмыз.

Өткен еки-үш жыллықтағы жергиликли газеталарды алып қараң. «… МТП ның аймағында жайласқан … фермер хожалығы…» деп жазылған қатарларға көзиңиз түседи. Аймақ-территория дегенди аңлатады. Егер олай болатуғын болса сол фермер хожалығы МТП ның ишинде жайласқан бола ма? Ақыры, оның территориясы (ол жайласқан жер майданы-автор) үлкен емесғой. Бәлким, «… МТП жайласқан аймақтағы…» шығар? Ал айырым ўақытлары «… МТП ға қараслы…» деген ибараларды қолланғанларда болды. Фермер хожалығы өз алдына субьект болса, оның үстине- меншик. Онда қалай ол «қараслы» болыўы мүмкин. Егер, мәселеге тереңирек қарап көрилсе, сол МТП ның аты аталған фермер хожалықларына шәртнамалы тийкарда хызмет көрсететуғын бир юридикалық тәреп екени мәлим болады.

Бул журналистлеримиздиң итибарсызлығының ақыбети болса керек. Болмаса, мениң ойымша, жергиликли машқалалар туўралы ҳеш ким жазыўды қадаған етип қойған жоқ. Айтайық, өзимиз жасаған орталықтың патаслығы, қайсы бир хызметтиң өз ўазыйпаларына жуўапкерсизлик пенен қатнасы, орын алып атырған ҳәр қыйлы ҳәдийселер: автоавария, урлық, өрт, бюрократия, пара алып атырып ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң қолына түскенлер- қулласы, усыған уқсаған көплеген ўақыялар туўралы жазыўымызға боладығой. Жазбаймыз. Себеби кимдур бизге олар туўралы жазыўға көрсетпе бермеген-дә…

Әне, усындай гәплер. Мине өзимиз де сол «сүрдеўге» түскенлердиң биримиз. Болмаса усы гәплерди күнделикке жазып ғана қоймастан (блогке демекши едик-автор), ал газета бетлерине алып шығыўым тийис емес пе?

Бул барысы болса бара-бара көплеген газеталар банкрот болары турған гәп. Оның үстине, мына дүнья жүзинде орын алып атырған кризисте өзиниң тәсирин тийгизбей қалмайды. Сол ушын алдағы ўақытлары бул тармақта күтилмеген машқалалы жағдайлар орын алыўы итималдан жырақ емес. Жасыратуғыны жоқ, бул туўралы бирде бир адам бас қатырмайды. Неге дегенде, бизиң айырым журналистлеримиз 30 күнди санап берсе айлық алатуғынын биледи. Ал жазғанларын биреў оқыйтыны, оқымайтуғыны оларды онша қызықтырмай қойғанына көп ўақытлар болған.

Дурыс, мен оларды талантсыз, ериншек демекши емеспен. Керисинше, олардың арасында мийнеткеш, талантлылары оғада көп. Ҳәтте, олардың айырымлары газеталарымыз усы тақилетте шығыўын даўам етсе еки-үшеў болып-ақ оны толтырып, шығара бериўи мүмкин. Бирақ сол шығарған газетасын биреўдиң оқыйтуғынына кепиллик бериў қыйын.

Белгили илим ғайраткери Станславский «бир процент талант, тоқсан тоғыз процент мийнет » деген болса, журналистика бойынша белгили журналист Агроновский «еки процент Аллатаала берген талантың болмаса, еки жүз процент мийнет етсең де журналист бола алмайсаң» деген екен. Бирақ бул бизиң қарақалпақ журналистлерине қаратып айтылмаған гәп болса керек. Бизге көбирек: «еринбеген… журналист болады» деген ибараны қоллансақ орынлырақ болар-аў, сирә. «Мәжилис болып өтти», Семинар кеңес», «Ири от шөп таярланды», «Ҳақыйқый фермер», «Белгили илимпаз», «Әжайып оқытыўшы», «Өз кәсибиниң маманы», «Ғаўаша тәрбиясы қызғын» уқсаған темаларды қайта-қайта, жыллар даўамында жаза бериў ушын да үлкен шыдам керек. Жалықсаң болмайды…

Маған қарақалпақ тилинде жәрияланатуғын жергиликли басылымларымызда әтрапымызда орын алып атырған машқалалар туўралы неге жазбайтуғынлығымыз түсиниксиз болып қалып киятыр.. Болмаса сол жағдайлардан бийхабармыз ба? Я оннан көпшилик хабарсыз ба? Айтайық , буннан бир-еки жыл бурын Нөкисте «Айдын жол» базары өртенип кетти. Өртке не себеп болды, оған жуўапкер шахсларға қандай шара көрилди? Булар туўралы бирде-бир газета жазбады. Бүгинги күни қарабақанасы шыққан сол базардың жабық бөлеги қаланың қақ ортасында ҳәңкийип тур. Ол қашан қайта иске түсириледи? Оны ким қурмақшы? Қанша қаржы талап етиледи?.. Буны оқыўшылар билиўге ҳақылы емес пе?

Жақында «Нөкис дийхан базары» қапталындағы бир асхана жанып кетти. Өрт тез өширилди. Ақыбетлериде сапластырылды. Бирақ ол кимге тийисли еди: Оннан сол меншик ийеси қанша зыя көрген? Өрттиң келип шығыўына не себепши болған? Булар туўралыда айтылмады, жазылмады. Неге?…

Бүгинги күни нақ ақша мәселеси күн тәртибинде тур. Ол бойынша неге биз өз көзқарасымызды баян етпеўимиз керек. Саўда шақапшаларында баҳалардың жазып қойылмайтуғынлығы, касса аппаратларының ислетилмейтуғынынан хабарымыз жоқ па? Пластик карточка арқалы есапласқан адамнан 10 процент қосымша ҳақы алатуғынын билмеймиз бе? Ақыры, не ушын биз сол пластик карточкаға пул өткерген адамның бул мийнет ҳақысы екенин айтып, оның ҳуқықы шекленип атырғанын көрсетип жар салыўымыз керек емес пе?..

Егер жоқарыдағылар туўралы журналистлик изертлеўлер алып барып, мақалалар жазғанымызда бизиң газеталарымыз да оқыўшыларды қызықтырмас па еди?!

Күнделик жазыўдың усы тәрепи қызық-тә. Өз өзиңе сораў қоясаң, оларға жуўап излейсең. Ал енди оны блог арқалы оқып көрген досларымыздың болса, оларға пикир билдириў имканияты пайда болмақта. Демек, алдағы ўақытлары жағдайды жақсылаў мүмкиншилиги бар деген сөз.